March 26, 2015

Hawa Rayi бағдарламасы менен танысамыз

hawa-rayi-logo

Shag'ala Lab топарының гезектеги жумысы - Android ушын Қарақалпақстан қалаларындағы ҳаӯа райын бақлаӯ бағдарламасын күтип алың! Бағдарламаның мақсетин ҳәм техниклық характеристикаларын өз ишине алған рәсмий бетин мына жерден табасыз. Бул мақаланың даӯамында бағдарламаның мүмкиншиликлери ҳәм оннан қалай пайдаланыӯ кереклигине нәзер тасланады.

Мақалада бағдарламаның төмендеги мүмкиншиликлери кеңнен қарап өтиледи:
  1. Бас функциялар
    1. Ҳәптелик ҳаӯа райы
    2. Күнлик ҳаӯа райы
  2. Қосымша функциялар
    1. Бөлисиӯ
    2. Контекст меню
    3. Сазлаӯлар
      1. Қаланы сайлаӯ
      2. Бағдарлама интерфейси
      3. Хабарландырыӯ
Бағдарлама менен танысыӯды баслаӯдан алдын Hawa Rayi телефоныңыз яки планшетиңизде орнатылған деп қабыл етемиз. Егер Android'та бағдарламалары қалай орнатыӯды билемесеңиз, төменде комментарийлерде жазып қалдырың, бул ҳаққында бөлимдиде қосып қоямыз. Онда басладық!

Бас функциялар

Бул бөлимде бағдарламаның ең тийкарғы функциялары көрип шығылады.

Ҳәптелик ҳаӯа райы

Бағдарлама жүклениӯи менен 'бас бет'ке өтеди (шеп жақта сүӯрети [screenshot] көрсетилген, усы ҳәм барлық кейинги сүӯретлерди өзине бассаңыз үлкен варианты көрсетиледи [кликабельный]). Егер бул бағдарламаның биринши жүклениӯи болса, онда ҳаӯа райы мағлыӯматын көширип алыӯға азмас ӯақыт кетиӯи мүмкин. Көширип болғаннан кейин, 2 ҳәптелик ҳаӯа райы дизими көрсетиледи.

14 күнлик ҳаӯа райы телефонлардың экранына сыймағаны ушын, дизимди толық көриӯ ушын жоқарыға я төменге "жылжытыӯыңыз" керек болады.

Күнлик ҳаӯа райы

Егер жоқарыдағы дизимниң қәлеген биреӯин сайласаңыз, онда сол күн ҳаӯа райының толық мағлыӯматы бериледи.

Шеп жақтағы сүӯретте көринип турғаныңыздай, толық ҳаӯа райы мағлыӯматы берилгенде күни, қайсы қала ушын екенлиги, минимал ҳәм максимал температура, ығаллық, басым, самал ҳаққында мағлыӯматлар болады.

Қосымша функциялар

Бул бөлимде бағдарламаның қосымша функциялары көрип шығылады.

Бөлисиӯ

Күнлердиң бириниң ҳаӯа райы ҳаққында мағлыӯматты басқалар менен бөлисиӯди қәлесеңиз, күнниң толық мағлыӯматы бетинде жоқарыда 'Бөлисиӯ' кнопкасы жайласқан, оны бассаңыз бөлисиӯге мүмкин болған бағдарламалар дизими көрсетиледи.

Шеп жақта 'Messenger' бағдарламасы арқалы бөлисиӯ мысал иретинде көрсетилген.

Әдетте, ҳаӯа райы мағлыӯматы менен бөлискенде, қала, күн, минимал ҳәм максимал температура, сондай-ақ бағдарламаны жүклеп алыӯ ушын силтеме бериледи.

Контекст меню

Бағдарламаның контекст менюи арқалы қосымша мүмкиншиликлеринен пайдаланыӯыңыз мүмкин. Контекст менюди ашыӯ ушын вертикал жайласқа үш ноқат кнопкасын басыӯ керек (гейбир телефон моделлердине бул кнопка шықпаӯы мүмкин, егер сондай болса онда телефоныңыздың "Home" кнопкасының жанындағы меню кнопкасын басыӯыңыз керек). Шеп жақта көрип турғаныңыздай, бағдарлама контекст менюинде 4 функция бар. Бириншиси, "Жаңалаӯ" бул ҳаӯа райын мағлыӯматын серверлерден алып жаңалайды. Екиншиси, "Сазлаӯлар" бул ҳаққында төменде толықрақ тоқтап өтемиз. Үшиншиси, "Ҳаққында" бағдарлама ҳаққында мағлыӯмат бети. Ақырғысы, "Басқа жумысларымыз"да бизиң топардың Android ушын жаратылған басқа бағдарламаларын көрсетиӯши бетке силтейди.

Сазлаӯлар

"Сазлаӯ"ға кирсек, онда қала, интерфейс ҳәм хабарландырыӯ ҳаққында мағлыӯматларды өзгертиӯ имкәнина ийемиз.

Қаланы сайлаӯ

Жоқарыдағылардан "Қала"ны сайласақ, онда шеп жақтағыдай қалалар дизими көрсетилген қосымша айна пайда болады. Бул дизимнен бағдарламада қайсы қаланың ҳаӯа райы көрсетилиӯин сайлаӯыңыз мүмкин.

Еслетпе: егер қаланы өзгертсеңиз, интернет тармағына байланысыңыз барлығын тексерип көриң, себеби қурылмаңыз интернетке жалғанған болмаса, онда бас бетке қайтаныңызда сайлаған қалаңыз ушын ҳаӯа райы мағлыӯматы көрсетилмейди.

Бағдарлама интерфейси

Егер бағдарлама интерфейсин кирилл яки латын әлипбесине өзгертиӯди қәлесеңиз, онда шеп жақта көрсетилген айнадан сайлаӯыңыз мүмкин.

Еслетпе: интерфейсти өзгерткениңизден кейин, бағдарлама қайта жүкленеди.

Хабарландырыӯ

Егер ҳаӯа райы ҳаққындағы мағлыӯмат сизге барлық ӯақыт көринип турсын десеңиз, онда хабарландырыӯды қосып қойыӯыңыз керек. Сонда сол күнги ҳаӯа райын көриӯ ушын бағдарламаны ашып отырыӯ шәрт емес.

Жоқарыдағы статусбарда ҳаӯа райының иконкасы пайда болады, статусбарды төменге түсирсек, онда шеп жақтағыдай хабарландырыӯды көриӯимиз мүмкин.

Усының менен Hawa Rayi бағдарламасы менен қысқа танысыӯымызды жуӯмақлаймыз. Сораӯларыңыз болса төменде комментарийлер бөлиминде қалдырыӯды умытпаң. Кейинги мақалаларда көрискенше.

P.S. Бағдарламаның Google Play'деги силтемесин және бир мәрте келтирип өтемиз:

Android app on Google Play

1 comment:

  1. Top 10 Casino Apps - Casinoworld
    In this section we'll walk you through our selection 출장마사지 of top casino apps, and hopefully you'll find plenty of febcasino useful information on the top How https://septcasino.com/review/merit-casino/ do you use PayPal?Are there any deposit bonuses 바카라사이트 at ford escape titanium your casino?

    ReplyDelete