January 28, 2017

QqKeyboard - Қарақалпақ әлипбеси ушын клавиатура


QqKeyboard бул Android мобил операцион системасына тийкарланған смартфон ҳәм планшетлер ушын виртуал клавиатура. Клавиатура қарақалпақ тилиндеги текстлерди кирилл яки латын әлипбелеринде жазыў имкәниятын жаратады.


Төменде бағдарлама мүмкиншиликлерин қарап өтемиз:
  1. Бағдарламадан пайдаланыў
    1. Орнатыў
    2. Қолланыў
  2. Бағдарлама сазлаўлары
    1. Сазлаўларды ашыў
    2. Негизги әлипбе
    3. Биринши қатар көриниси
    4. Клавиатура шаблоны
    5. Клавиша даўысы
    6. Клавиша даўысы дәрежеси
    7. Клавиша вибрациясы
    8. Клавиша вибрация күши
    9. Ҳаққында

Бағдарламадан пайдаланыў

Бул бөлимде бағдарламаны қалай орнатыў керек ҳәм оның ең тийкарғы функциялары көрип шығылады.

Орнатыў

QqKeyboard'ты орнатыў ушын Google Play'ди ашып qqkeyboard деп излеймиз, яки мына силтемеге өтип туўрыдан-туўры орнатамыз.

QqKeyboard клавиатура бағдарламасы болғаннан кейин, басқа әпиўайы бағдарламалардан сәл өзгешелиги бар ҳәм оны дәрриў пайдаланып кете алмаймыз. Биринши нәўбетте оны системаға киргизиў, яғный клавиатуралар дизимине қосыў керек. Оның ушын Android'тың сазлаўларына (орысшада Настройки, инглисшеде Settings) барамыз ҳәм Тиллер ҳәм текст киргизиў (орысшада Язык и ввод, инглисшеде Languages & input) бөлимин ашамыз (бул жерде айтып өтиў керек, бул бөлим сизиң қурылмаңызда басқаша атама менен келиўи мүмкин, егер сондай болса, онда мәниси жағынан жоқарыдағы атамаға жақын бөлимди излеп көриң).

Ендиги қылынатуғын қәдемлер Android версиясына ҳәм қурылма өндириўшисине қарап өзгеше болыўы мүмкин, себеби көпшилик өндириўшилер Android'ты өзиниң мүтәжликлерине қарап өзгертетуғын әдети бар. Барлық қурылмаларды есапқа алыўдың илажы жоқ болғаны ушын, бул жерде мысал иретинде тек 2 қурылманы қарап өтемиз, бириншиси Android 7.1.1 Nougat версиясына тийкарланған LG Nexus 5X телефоны, ал екиншиси Android 5.0.1 Lollipop версиясына тийкарланған Samsung Galaxy S4 телефоны.

Ендиги қылынатуғын ис, QqKeyboardти "қосыў".

а) LG Nexus 5X ушын Виртуал клавиатураны (орысшада Виртуальная клавиатура, инглисшеде Virtual keyboard) бассақ, қурылмада орнатылған ҳәм "қосылған" клавиатуралар дизими шығады. QqKeyboardты бул дизимге қосыў мақсетинде Клавиатураларды басқарыў (орысшада Управление клавиатурами, инглисшеде Manage keyboards) деген қатарды сайлаймыз.

Таза бөлимде қурылмада орнатылған барлық клавиатуралар дизими шығады, бул жерде еле QqKeyboard "өшик" ҳалында турыпты. Оны "қосыў" ушын QqKeyboard жайласқан қатарды басамыз ҳәм ол "қосылған" ҳалына өтеди.

б) Galaxy S4 ушын Тийкарғыны (орысшада По умолчанию, инглисшеде Default) бассақ, қурылмада орнатылған ҳәм "қосылған" клавиатуралар дизими шығады. QqKeyboardты бул дизимге қосыў мақсетинде ашылған айнаның төменги оң жағында жайласқан Клавиатураларды қосыў (орысшада Добавить клавиатуры, инглисшеде Add keyboards) деген силтемени басамыз.

Таза бөлимде қурылмада орнатылған барлық клавиатуралар дизими шығады, бул жерде еле QqKeyboard "өшик" ҳалында турыпты. Оны "қосыў" ушын QqKeyboard жайласқан қатарды басамыз ҳәм ол "қосылған" ҳалына өтеди.

Енди ақырғы қалған қәдем, бул QqKeyboard'ты тийкарғы клавиатура етип өткизиў.

а) LG Nexus 5X ушын текст жазыў ушын клавиатура ашылғанда төменги оң мүйеште жайласқан клавиатура сүўретин басамыз (шеп жақтағы сүўретте қызыл менен белгилеп көрсетилген). Клавиатураны өзгертиў айнасы пайда болады, ҳәм ол жерде барлық "қосылған" клавиатуралар дизими шығады. Дизимнен QqKeyboard'ты сайлаймыз, алдынғы клавиатура жаўылып, сайлаған клавиатурамыз ашылады.

б) Galaxy S4 ушын алдынғы қәдемдегидей Тийкарғыны (орысшада По умолчанию, инглисшеде Default) басамыз, қурылмада орнатылған ҳәм "қосылған" клавиатуралар дизими шығады. Дизимнен QqKeyboard'ты сайлаймыз, ҳәм Сазлаўлардан шығамыз.

Ендигиден былай текст жазыў ушын клавиатураны ашқанымызда ҳәмме ўақыт QqKeyboard ашылатуғын болады. Соның менен клавиатурамызды қурылмаға орнатыўды табыслы тамамладық.

Қолланыў

Клавиатурадан пайдаланыўдың қыйын жери жоқ, тәжирийбели "андроидшылар" ҳеш бир көрсетпелерсиз-ақ қолланып кетеди деп исенемиз. Текст жазыў ушын клавиатура ашылғанында ҳәмме ўақыт ҳәриплер ҳәм санларды өз ишине алған көринисте болады.

Егер текст териў даўамында ҳәр қыйлы символлардан пайдаланыў керек болып қалса, онда төменги шет жақта жайласқан ?123 клавишасын басамыз ҳәм клавиатура символлар көринисине өзгереди. Ҳәриплер ҳәм санлар көринисине қайтыў ушын ABC клавишасын басамыз.

Сондай-ақ, латын ҳәм кирилл әлипбелерин алмастырыў мүмкиншилиги ҳәм бар. Мәселен сиз латын ҳәриплери көринисинде болсаңыз, онда ҚҚ клавишасын бассаңыз кирилл ҳәриплерине, ал кирилл ҳәриплеринде болып QQ клавишасын бассақ латын ҳәриплери көринисине қайтады.

Қосымша ҳәриплерден пайдаланыўдың еки түрли жолы бар ҳәм бул сазлаўларда Биринши қатар көриниси қайсы вариант сайланғанына байланыслы. Тийкарғы (санлар) көриниси сайланған болса, клавиатурада қосымша ҳәрип жайласқан клавишаны узақ ўақыт басып турсақ, қолланыў мүмкин болған ҳәриплер бөлек киши айнада ашылады. Мәселен, у ҳәрибин узақ басып турсақ, қосымша айнада ў ҳәм ү ҳәриплери пайда болады. Енди жаңа айнадан керекли қосымша ҳәрипти сайлаймыз.

Егер сазлаўларда қосымша ҳәриплер сайланған болса, онда биринши қатарда барлығы жайласқан болады ҳәм оларды басқа клавишалар сыяқлы пайдаланыўға болады.

Бағдарлама сазлаўлары

Клавиатура мүмкиншиликлериниң гейбиреўлерин сазлаўлары арқалы өзгерте аласыз. Бул бөлимде усы сазлаўларды қалай өзгертиўди көрип шығамыз.

Сазлаўларды ашыў

Сазлаўлар бетин ашыўдың алдынғы бөлимдегидей 2 түрли жолын көрсетемиз.

а) LG Nexus 5Xте Сазлаўлардан Тиллер ҳәм текст киргизиў бөлимин ашамыз. Кейин Виртуал клавиатураны басып, дизимнен QqKeyboardты сайлаймыз.

а) Galaxy S4те Сазлаўлардан Тиллер ҳәм текст киргизиў бөлимин ашамыз. Кейин Клавиатура ҳәм киргизиў усылларындағы дизимнен QqKeyboardты сайлаймыз.

QqKeyboard сазлаўларын шеп жақтағы сүўреттен көриўиңизге болады.

Негизги әлипбе

Негизги әлипбе дегенимиз бул клавиатура ашылғанда қайсы әлипбеге тийкарланған көринис жүклениўи түсиниледи. Негизги әлипбе етип латын әлипбеси белгиленген, бирақ егер сиз көбинесе кирилл әлипбесинде текст жазатуғын болсаңыз, онда кирилл әлипбесин негизги етип белгилеўиңизди мәсләҳәт етемиз.

Биринши қатар көриниси

Егер қ, ғ, ө сыяқлы ҳәриплерди териўде ҳәриплерди узақ ўақыт басып турыў онша қолай болмаса, онда клавиатураның жоқарыдағы ең биринши қатарын санлардың орнына қосымша ҳәриплерди қойыўға болады. Оның ушын усы жерде "Qosımsha háripler (á, ú, ı, …)" вариантын сайласаңыз, биринши қатарда санлардың орнына ә, ғ, қ ҳәм тағы басқа ҳәриплер жайласады. Егер санларды биринши қатарға қайтарыў ушын "Sanlar (1, 2, 3, …)" вариантын қайта сайлаў керек.

Клавиатура шаблоны

Клавиатураның еки түрли шаблоны (темасы) бар: "жарық (Material Light)" ҳәм "қараңғы (Material Dark)". Өзиңизге жаққан вариантын сайлаў мүмкиншилигине ийесиз.

Клавиша даўысы

Клавиатурада текст тергенде, ҳәр бир клавиша басылғанын билдириўши даўыс шығарады. Егер сизге бул усыл мақул болмаса, усы жерден өширип қойыўыңызға болады.

Клавиша даўысы дәрежеси

Буннан алдынғы сазлаўға қосымша иретинде, басылған клавиша даўысының бәлентлик дәрежесин белгилеў имкәниятына ийесиз. Бул сазлаў тек Клавиша даўысы қосылған ўақытта ғана күшке ийе.

Клавиша вибрациясы

Клавиатурада текст тергенде, ҳәр бир клавиша басылғанда вибрация қылады. Егер сизге бул усыл мақул болмаса, усы жерден өширип қойыўыңызға болады.

Клавиша вибрация күши

Бул ҳәм алдынғы сазлаўға қосымша есапланып, басылған клавиша вибрация күши дәрежесин белгилеў имкәниятын береди. Бул сазлаў тек Клавиша вибрациясы қосылған ўақытта ғана күшке ийе.

Ҳаққында

Бул жерде бағдарлама версиясы ҳәм клавиатура ҳаққында мағлыўматлар бериледи.

Соның менен QqKeyboard бағдарламасы менен қысқа танысыӯымызды жуӯмақлаймыз. Сораӯларыңыз болса төменде комментарийлер бөлиминде қалдырыӯды умытпаң.

P.S. Бағдарламаның Google Play'деги силтемесин келтирип өтемиз:

Android app on Google Play

8 comments:

  1. Ассалаума аликум!!! Бул барысы жаксы албетте. Рахмет мийнетинизге. Мен алыб косарым, Каракалпак шежресинде шыгарсаныз ягный руларын толык анык катесиз кылыб. Ислеринизге рауаж тилеймен.

    ReplyDelete
  2. Ассалаума алейкум! Каракалпакша (Кирил) клавиатурасын амелге асырыудын илажы бармекен...? Алдыннан рахмет!

    ReplyDelete
  3. IOS багдарламасында ислейтин ускенелер ушын да тез арада шыгып калады деген умиттемиз.

    ReplyDelete
  4. Assalawma aleykum programma zor tek smailik qoswiniz kerek eken smailiktin ishinde QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASININ oz bayragi bolza zor bolar edi onin kop paydasi tiyedi aldinnan raxmet jumislarinizga awmet!

    ReplyDelete
  5. Assalamuw aleykum qalaysiz klaviyaturani eleda joqaraq kótere allasizba hámde basqada qosimsha zatlar qosa allasizba


    ReplyDelete
  6. Is the casino legal in your state? - Online Gaming
    The 슈어 벳 주소 casino is operated by the Eastern Band of Cherokee 이빨빠지는꿈 Indians and the Cherokee 사다리 게임 사이트 Nation of 호날두 주니어 North Carolina. The casino 안전바카라 was originally opened in 1994

    ReplyDelete
  7. Ассалаума алейкум
    пайдаланылған сөзлер шығып Түратын еди соны бул клавиятурада ислеўге болама клавиштың жоқарысында көринбей түр жүўап үшын алдыннан раҳмет.. былай зор екен гап жоқ.

    ReplyDelete