Биз ҳаққымызда

Биз кимлермиз?
Shag'ala Lab - бул компьютер технологияларға қызығыӯшы қарақалпақ жасларының топары есапланады.

Мақсетимиз?
Топарды ашыӯдан гөзленген мақсет - бул қарақалпақ тилиндеги сапалы компьютер бағдарламаларын раӯажландырыӯға үлес қосыӯ. Компьютер бағдарламалары дегенде биз веб-сайтлар, компьютер ушын арналған бағдарламалар (әдетте Windows системасы ушын) ҳәмде мобиль платформалар (Android, iOS) ушын бағдарламаларды түсинемиз. Биз ушын 'сапа' сөзи үлкен әҳмийетке ийе, яғный барлық бағдарламаларымыз жоқары сапалы болыӯына үлкен дыққат аӯдарамыз.

Жобаларымыз?
Жобаларымыз - "Наполеондикиндей", нәсип етсе ;-). Бас итибарымыз жоқарыда көрсетип өтилген платформаларға бағдарламаларды шығарыӯ болып табылады. Жақын келешектеги жобаларымыз бенен бөлисетуғын болсақ, ҳәр қыйлы платформалар ушын қарақалпақша-инглисше сөзликлер, қарақалпақша клавиатура бағдарламаларын шығарыӯ нийетимиз бар.

Shag'ala Lab - бул жабық топарма?
Яқ, Shag'ala Lab ашық топар есапланады, қәлеӯшилер болса топарға қосылыӯы мүмкин. Бирақ қәлеӯшилерге қойылатуғын талапларымыз бар, яғный компьютер технологияларына қызығыӯшылық, бағдарламаластырыӯ тиллеринде [C++/Java/HTML] тәжирийбеге (ямаса қатты қызығыӯшылыққа) ийе болыӯ. Егер сиз бул талапларға жуӯап беремен деп ойласаңыз бул ҳаққында бизге хат жазың яки 'Байланыс' бетиндеги форманы толтырып жибериң.

Мен бул топарға қандай көмегим тийиӯи мүмкин?
Егер бағдарлама жаратыӯ сизиң қолыңыздан келмеседе, бул топардың ҳәрекетлерине еледе өз үлесиңизды қоса аласыз. Буның ушын

  • дос, таныс-билислериңиз, яки социал тармақлар арқалы бул топар ҳәм оның бағдарламалары ҳаққында бөлисиӯиңиз,
  • топар тәрепинен жаратылған бағдарламаларды пайдаланып көриӯ (тест қылып көрсеңиз оннанда жақсы), егер қәте-кемшиликлери болса 'Байланыс' бети арқалы бизге хабар бериӯиңиз
  • қарақалпақ тилинде ҳәзирги күнге келип жаратылмаған, бирақ ӯатанласларымызға керек болады деген бағдарламалар ҳаққында идеяларыңыз болса 'Идея усыныӯ' бетинде өз пикирлериңизди қалдырыӯыңыз
жетерли. Бул ҳәрекетлериңиз ушын алдыннан миннетдаршылық билдирип қаламыз.

3 comments:

  1. Ассалаумағалайкум сизбен қалай байланыс кылыуга болады отиниш тез жуаб берын номер 97 356 13 53 телегырамда боламан мухаммед атим үлес косажакпан

    ReplyDelete
  2. Asssawma áleykum. Atım Alımbek menda úles qosajaqpan. Tel: 994554522. Iltimas xabarlasıń

    ReplyDelete