Бул мақалада kitapxana.com сайты бойынша навигация қылыў ҳәмде китап мазмунын көриў усыллары қарап өтиледи.
Биринши, сайт бойынша навигацияны көрсетип өтемиз. Электрон китапханамыздағы шығармаларды категориялар, авторлар, ҳәмде китаплар бойынша ямаса гилт сөз арқалы табыўыңыз мүмкин.
Навигация усыллары:
Усыл #1. Категория бойынша.
Ҳәзирше сайтымыздың шеп жағындағы "Категориялар" менюсы бес бөлимнен ибарат: Нақыллар, Жумбақлар, Дәстанлар, Ертеклер ҳәмде Поэзия.
Буннан басқа, бул категориялар дизимин сайт жоқарысындағы "Бас Бет" менюсынандағы "Категориялар" суб-менюсы арқалыда көриў мүмкиншилиги бар.
Усыл #2. Автор бойынша.
Автор бойынша шығармаларды излемекши болған оқыўшымызда алдынғы усылға уқсас жоллары бар. Ҳәзирше сайтымыздың шеп жағындағы "Авторлар" менюсында қарақалпақ классик шайырларымыздан Әжинияз Қосыбай улы, Бердақ Ғарғабай улы, Күнхожа Ибрайым улы ҳәмде ХХ әсирдеги ең атақлы шайырымыз Ибрайым Юсуповтың шығармаларына силтемени табыўыңыз мүмкин.
Оннан тысқары, китапханамыздағы китаплардың барлық авторлар дизимине өтиў ушын сайт жоқарысындағы "Бас Бет" менюсында "Авторлар" суб-менюсын басыў жеткиликли.
Усыл #3. Китаплар бойынша.
Шығармаларды китаплар атлары бойынша излеў ушын сайт жоқарысындағы "Бас Бет" менюсының "Китаплар" суб-менюсына өтиў керек.
Усыл #4. Гилт сөзи бойынша.
Егер шығарма аты есимизде болмай, ал шығармадағы сөзлер яки сөз қурамасы есимизде болса, сол сөзлерди сайтымыздың шеп жағындағы "Гилт сөзиңизди киритиң" деген киритиў майданына курсорды апарып, керекли гилт сөзимизди киргизиўимиз мүмкин.
Көпшилик оқыўшыларымызда қарақалпақша өзгеше ҳәриплер ('ә', 'ғ', 'қ', 'ң', 'ө', 'ү', 'ў', 'ı' - latınsha 'ы') болмаўын есапқа алып, қосымша ҳәриплерди жәрдемши кнопкалар арқалы киргизиў мүмкиншилигин қостық. Бул өзгеше ҳәриплерди көриў ушын курсорды киритиў майданына жайластырыў жеткиликли.
Екинши, керекли китапты излеп тапқаннан кейин китап мазмунын көриў ҳәмде ҳәр бир бөлимин оқыў мүмкиншилиги жаратылған. Керекли китапқа өткеннен кейин бөлимлерин избе-из оқыў ушын "Онлайн оқыў" кнопкасын басыў жеткиликли. Егер избе-из оқымай, ал тек керекли бөлимге туўры өтиўди қәлеген оқыўшыларымыз китап мазмуны бетинде өзине керекли бөлимин таўып сол тексттеги силтемени басыў жеткиликли. Оннан тысқары, китапты PDF көринисинде компютериңизге жүклеп алыў мүмкиншилигине ийесиз.
Китапты онлайн оқыўда оқыўшыларымыз текстти өзлерине қолай болған шрифт түрин ('Helvetica', 'Arial', 'Times New Roman'), шрифт көлемин ('киши', 'орташа', 'үлкен'), әлипбесин ('кирилл', 'латын') сайлап, өзине ийкемлестирип алыўы мүмкин.
Оннан тысқары, алдынғы ҳәмде кейинги бетлерге өтиўге қолайлы болыў ушын '<--' ҳәм '-->' кнопкалардан пайдаланыўыңыз мүмкин.
Бул мақала kitapxana.com сайтында биринши жәрияланған болып, бул жерде тек нусқаның көширмеси ретинде берилген.
0 комментарий:
Post a Comment