Shag'ala Lab топарының биринши мийнети - Android ушын Қарақалпақстан Конституциясы бағдарламасын күтип алың! Бағдарламаның мақсетин ҳәм техниклық характеристикаларын өз ишине алған рәсмий бетин мына жерден табасыз. Бул мақаланың даӯамында бағдарламаның мүмкиншиликлери ҳәм оннан қалай пайдаланыӯ кереклигине нәзер тасланады.
Мақалада бағдарламаның еки мүмкиншилигин кеңлеӯ қарап өтемиз, яғный:
Онда басладық!
Навигация
Бул бөлимди баслаӯдан алдын Karakalpak Constitution бағдарламасы телефоныңыз яки планшетиңизде орнатылған деп қабыл етемиз. Егер Android'та бағдарламалары қалай орнатыӯды билемесеңиз, төменде комментарийлерде жазып қалдырың, бул ҳаққында бөлимдиде қосып қоямыз.Бағдарлама биринши жүклениӯи менен 'бас бет'ке өтеди (шеп жақта сүӯрети [screenshot] көрсетилген, усы ҳәм барлық кейинги сүӯретлерди өзине бассаңыз үлкен варианты көрсетиледи [кликабельный]). Беттиң жоқарысында бағдарламаның атамасы, излеӯ ҳәм қосымша меню кнопкалары жайласқан. Ал орайда болса төрт домалақ байрақ көринисиндеги кнопкаларды табасыз. Байрақлардың өзи айтып турғандай, жоқарғы шеп жақтағы кнопка Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қарақалпақ тилиндеги нусқасына, жоқарғы оң жақтағысы - орыс тилиндеги нусқасына, төменги шеп жақтағысы - өзбек тилиндеги нусқасына ҳәмде төменги оң жақтағы кнопка - орыс тилиндеги нусқасын ашыӯға алып келеди.
Байрақлы кнопкаларды сайлағаныңызға қарап төмендеги төрт варианттың биреӯи кейинги бет болады:
Бул бетте Конституцияның тараӯлары көрсетилген болады.
Тараӯлардың биреӯин сайлаӯыңыз баплар жайласқан бетке өтиӯге имкәният жаратады (шеп жақта қарақалпақ тилиндеги нусқасының сүӯрети көрсетилген).
Ал баплардың биреӯин сайлаӯыңыз сизди статьялар жайласқан бетке алып өтеди (шеп жақта қарақалпақ тилиндеги нусқасының сүӯрети көрсетилген).
Улыӯма бағдарлама бойынша ҳәрекет етиӯ (навигация) тек избе-из ҳәм туӯрыдан-туӯры. Алдынғы бетке қайтыӯ ушың телефон/планшетиңиздиң 'Артқа' кнопкасын басасыз, ямаса ҳәр бир беттиң жоқарғы шеп жағында жайласқан бағдарлама логотипин басыӯыңызғада болады.
Излеӯ
Егер сиз Конституциядағы белгили бир сөзлер бойынша статьяларды излемекши болсаңыз, онда сизге 'Излеӯ' функциясы жәрдем береди.
Излеӯ кнопкасы бас, тараӯ ҳам бап бетлериниң барлығында бар ҳәмде жоқарғы оң жағында жайласқан. Кнопканы басыӯыңыз бенен текст майданы ашылып клавиатура арқалы гилт сөзиңизди киритиӯге шақырады (шеп жақта излеӯ ушын текст майданында киритилген текст сүӯрети көрсетилген).
Еслетпе: Гилт сөзлер сыпатында тек ғана ҳәрип ҳәм/ямаса санлардан пайдалана аласыз. Сондай-ақ, гилт сөзлери киритилген ҳәриплер регистрине (бас, киши ҳәриплер) сезгир. Бул дегени "Республика" ҳәм "республика" еки түрли сөз саналады.
Излемекши болған сөзиңизди киритип болғаннан кейин текст майданының оң жағында жайласқан кнопканы яки клавиатураның төменги шеп жағындағы излеӯ кнопкасын басыӯыңыз керек.
Егер сизиң излеп атырған сөзиңиз статьяларда табылса, табылған статьялар дизими көрсетиледи ҳәр бир тил бойынша топарланып. Төмендеги мысалларда "республика" ҳәм "25" сөзлери бойынша табылған нәтийжелер бети көрсетилген:
Дизимдеги қәлеген бир статьяны сайласаңыз, сол статьяны ашып береди (шеп жақта мысал келтирилген). Бул беттиң алдын көрип өтилген 'статья бети'нен парқы, бул жерде сиз излеген гилт сөзлердиң арты сарыға боялған болып, ажыралып турады.
Усының менен Karakalpak Constitution бағдарламасы менен қысқа танысыӯымызды жуӯмақлаймыз. Сораӯларыңыз болса төменде комментарийлер бөлиминде қалдырыӯды умытпаң. Кейинги мақалаларда көрискенше.
P.S. Бағдарламаның Google Play'деги силтемесин және бир мәрте келтирип өтемиз:
0 комментарий:
Post a Comment