Егер сизде қарақалпақ халқына үлкен жәрдеми тийетуғын, бирақ ҳәзирги күнде еле жаратылмаған компьютер бағдарламалары ҳаққында ой-пикир, идеяларыңыз болса, усы мақаланың комментарий бөлиминде өз пикириңизди қалдырың. Сондай-ақ, қарақалпақ халқын, мәдениятын дүнья жүзине танытатуғын бағдарламалар ҳаққында пикирлериңиз болсада, бөлисиӯди умытпаң. Ең арзығөйли деген идеяларды усы мақаланың төменине қосып барамыз.
Мысал иретинде бир үлги көрсетип кетемиз:
Қарақалпақ тилин үйренемиз веб-сайты (Learn Karakalpak) - шет елликлер ушын қарақалпақ тилиниң тийкарларын үйретиӯши веб-сайт. Сайтта қарақалпақ әлипбеси, әпиӯайы грамматика, разговорник ҳ.т.б. мағлыӯматлар болады. Әӯелде сайт инглис ҳәм орыс тиллеринде болады, кейиншелик басқа тиллер қосылып барылады. [егер усы сайт бойынша жәрдем бериӯди қәлеӯшилер болса, биз бенен байланысың, бул сайт контентин жаратыӯ ушын тилши-лингвистлер керек, сайт жаратыӯ мәселесин өзлеримиз мойнымызға аламыз]
бирге ислеиуди калесениз почтама хабарласын
ReplyDeleteҚәйтип байланысайық, электрон почтаңызды жазып қалдырмапсыз?
DeleteМенде идея кооооп, бирак айтпайман ������
ReplyDeleteТуризм приложениесин шыгарыу керек, 3 тилде. Туристке керек барлык маглыуматлар менен маршрутлар, дыккатты тарткан орынларга виртуал саяхат дегендей
ReplyDeleteРахмет идея ушын. Бизлер веб-сайт, мобиль қурылмалар ушын бағдарлама ислеў жағынан жәрдем бериўимиз мүмкин. Жоқарыдағы идеяны әмелге асырыў ушын, ең баслысы туризмге байланыслы контент керек. Егер контент таўып беретуғынлар болса хабарласың, сөйлесемиз.
DeleteIdeya ne ushin kerek. Talaptan kelip shigip isleybermeysizlerme.
ReplyDeleteShalalarin'isti toliqtirip barin'.
Softlarin'istin' talap da'rejesi pa's
Boladi, onda o'zin'iz bir ko'rsetpesen'iz, shalasi joq, joqari da'rejeli soft islep, bizler u'yrenshik bolg'annan keyin sizin' da'rejege jetiw ele qayda...
Delete+
Delete2018 de eken song'i komment. Sondada bir ko'rip qalsan'iz dep jazip atirman. Ha'mme zat aste aste boladig'o. Mag'an unadi dawam ettirip atirsizlarma?
ReplyDelete