Hawa Rayi (Android)

Бул бет Android платформасы ушын Қарақалпақстан қалаларындағы ҳаӯа райын бақлаӯ бағдарламасының рәсмий бети есапланады. Бағдарламаны шығарыӯымыздан мақсет ӯатанласларымыз ҳәзирде кең тарқалған мобиль қурылмаларда өзлериниң жасап атырған жериндеги ҳаӯа райын бақлап барыӯын аңсатластырыӯ. Бағдарлама Android операцион системасы тийкарында ислейтуғын смартфонлар ҳәм планшетлерде пайдаланыӯ ушын мөлшерленген.
Hawa Rayi ҳаққында қысқа техникалық мағлыӯмат:

Параметр Көрсеткиш
Платформа Android мобиль операцион системасы
Мөлшерленген Android версиясы 2.3.3 (Gingerbread) ҳәм жоқары
Көлеми 1.8 MB
Web силтеме https://play.google.com/store/apps/details?id=com.shagalalab.weather
Android силтеме market://details?id=com.shagalalab.weather
Баҳасы Бийпул ;-)

Бағдарлама Udacity онлайн курслар пларформасындағы Developing Android Apps: Android Fundamentals курсында жаратылған ашық-дерекли Sunshine бағдарламасына тийкарланған. Hawa Rayi өзиде ашық-дерекли болып, оның "ишки қурылысы" менен танысаман дегенлерди https://github.com/shagalalab/HawaRayiApp бетине шақырып қаламыз.

Бағдарламадағы ҳаӯа райы мағлыӯматы бийпул www.openweathermap.org сервисинен алынған.

Бағдарлама бойынша қосымша мақалалар:

  1. Hawa Rayi бағдарламасы менен танысамыз

0 комментарий:

Post a Comment