March 7, 2013

Karakalpak Constitution бағдарламасы менен танысамыз

karakalpak-constitution-logo

Shag'ala Lab топарының биринши мийнети - Android ушын Қарақалпақстан Конституциясы бағдарламасын күтип алың! Бағдарламаның мақсетин ҳәм техниклық характеристикаларын өз ишине алған рәсмий бетин мына жерден табасыз. Бул мақаланың даӯамында бағдарламаның мүмкиншиликлери ҳәм оннан қалай пайдаланыӯ кереклигине нәзер тасланады.

February 21, 2013

Сәлем дүнья!

hello-world

Ассалаӯма әлейкум, мийман! Shag'ala Lab топарының блогына хош келдиңиз!

Бул блогта биз топар тәрепинен жаратылып атырған бағдарламалар ҳаққында мағлыӯмат берип барыӯды режелестирип атырмыз. Топарымыз ҳаққында толығырақ мағлыӯматты 'Ҳаққымызда' бетинен табыӯыңызға болады.

Ал, бизлердиң мийнетлеримиз бенен танысыӯды қәлегенлерди 'Проектлеримиз' бетин зыярат етиӯди шақырып қаламыз.

Пайдаланыӯшылар менен кери байланыс иретинде 'Байланыс' бетин жараттық, бул жерде сиз өзиңизди қызықтырған сораӯлар, тилеклер, талапларыңызды сайт авторларына қалдырыӯыңызға болады. Сондай-ақ, блог мақалаларының төменинде комментарий қалдырыӯ имкәнияты жаратылған, бул мүмкиншиликтен пайдаланыӯдыда умытпаң. (-:

Сүӯрет: gnome.org